12.04.2021 / O'zbekiston

" Мойнақ текстиль" яки "Порлоқ текстиль" ме? ямаса ел билмеген хақыйқат.

" Мойнақ текстиль" яки "Порлоқ текстиль" ме? ямаса ел билмеген хақыйқат.
Сиз көрип турған видео көринислер өткен ай, анықрағы 18- март күни Мойнақ сапарында болғанымызда алынған видео еди.

Мойнақ дегенимизде, Президентимиздиң, ел басшыларымыздың район халқына қаратып атырылған айрықша итибар, исбилерменлерге жаратылған көплеген жеңилликлер,социал - экономикалық жағдайын көтериўге,жақсылаўға қаратылған жаңа жойбарлар бәршемиздиң көз алдымызға келеди.

Мойнақшылар әзелий мийнеткешлиги, туўры сөзлиги,исенимшилиги менен ажралып туратуғын халық деп ойлайман.

Бирақ Мойнақ районы республикамыздың алыс аймағының бири болғанлығы себепли, 30- жылға шамалас ўақыттан берли итибардан тыс қалған район еди. Сол себепли бул жерде мәмлектлик бюджет кәрханалар дерлик жоқ есабында болып, бармақ бүгип санар жағдайда.

Президентимиз Ш.Мирзиеёв бул жағдайға шек қойыў ҳәмде Мойнақ халқының социаллық жағдайын жақсылаў мақсетинде көплеген ис - илажларын ислемекте.Соның бири бул исбилерменлердиң салықтың барлық түринен азат етилиўи, инвестиция киритилиўи болып есапланады. Буннан көплеген исбилерменлер пайдаланып келмекте.

Бирақ бул ис жүзинде қалай әмелге асырылып атыр? Буны үйрениў мақсетинде биз Мойнақ текстиль кәрханасына барған едик. "Халық айтсада,калып айтпайды" дегендей, бул кәрхана ашылғалы дерлик ислемей турғанлығы жергиликли халық арасында әлле қашшан-ақ гәп болып жүргенин еситсекте ,барып сөзге емес, көрген көзимизге исенейик деп.

Мойнақ районы ҳәкимияты мәлимлеме хызмети баслыгы менен биргеликте не деримди билмеймен цех па я фабрика ма? ( себеби буны өзлери алжасып айыра алмай атыр ) бардық.Барып көзден өткерери екенбиз, "Порлоқ" емес "ўах-ўах, сонша тигиў машиналары турып-ақ тозып атыр, жансыз болса да обалы барғо" - дегим келди.Бирақ , бул наламды еситетуғын фабрика - цех басшыларының өзлерин түўе сүўретинде таба алмадым. Тек ғана өзин Адил деп таныстырған жас жигит, албырағанынан не дерин билмей, ҳәр түрли сылтаў - себеплерди айтыў менен болды. Мен негедур бул жигитке кимдур "дәрриў барып фабрика-цехты ашып, ис болып атырғандай етип көрсет"- деп тапсырма берилген деген пикирге келдим. Себеби Адил лаўазымын "мастер" деп таныстырса да қол астында неше штат бойынша тигиўши бар екенлигин, қанша өним ислеп шығылғанлығын да билмес екен.

Ең ашынарлысы қолы гүл тигинши мойнақшы ҳаял - қызларымызды азғантай ўақыт ислетгени, таяр өними ушын данасына 400 сумнан қол хақы бергени, таяр өнимниң өтимлисин белгисиз бренд ярлықлары менен тигилиўи, олар Наманган ҳәм басқада ўәлаятлар базарлары ушын тигилген жағдайлары не ушын усы күнге шекем Мойнақ ҳәкими тәрепинен үйренилип шықығылмаған?

Не ушын наманганлық исбилермен Мойнақта фабрика-цехын ашады,ал таяр өнимди Намаган тәреплерде сатады ?

Не ушын бул имараттың ийеси белгисиз ?

Мойнақ районы ҳәкими имарат "Пахта санаат" тәрепинен салынған деп атап өткен болса наманганлық исбилермен жүргизе алмаса, не ушын қарақадпақстанлық ис билерменге берилмеген?

Сенатор О. А. Атаниязованың неге кредителер қарақалпақ жигит - қыздарына берилмейди деп айтқан сөзлеринде "жан" бар ма?

Қулласы сораў шексиз, бирақ сораўларға жуўап бериўи Қазым исмли наманганлық исбилермен ҳәким Е. "Ташкентте емленип атырман, 1- апрельден заказ шәртнамаларымыз бар" - деп телефон арқалы қысқа сылтаў айтты да қойды. Бирақ усы күнге шекем наманганлық бизнесменнен дерек жоқ, "қайсы жылдың апрель айы" деп сорамағаны район ҳәкиминиң садалығы.

Усы жылы январь айында ӨзР сенат баслығы Т. Нарбаева, ҚР Жоқарғы Кеңес баслығы М.Қ.Камаловлар Мойнақ сапарында болғанынан бәршемиз хабардармыз. Усы сапар ўақтында халықты усы күнге шекем алдағаны аздай, ҳүкимет басшыларын Қазым исбилерменниң алдаўы,көзбоямашық ислеп көз - обаға тигиншилерди күн дауамында аштан - аш отырғызып қойғаны бәринен де асып өтпеди ме екен?

Бундай "спектакльден" Мойнақ районы ҳәкими, прокуроры, салық инспекция баслығының хабары жоқ еди дегенге ким исенеди?

 Ҳүрметли Республика басшыларымыз бул көзбоямашылыққа шек қоясыз деген үмиттемен.

P.s. Бундай "басы ҳайран, соңы ўайран" болған кәрханалар Мойнақта баршылық екен,булар хаққында да айтып өтемиз.

Hoja. uz⁠